Перейти к содержимому

КЛАССЛАС ҚЫЗЛАРЫМ сөзи; А. Исаков | KLASSLAS QIZLARIM (OFFICIAL MUSIC VIDEO 2026)

Qq Ai Yb

0:00 / 0:00

КЛАССЛАС ҚЫЗЛАРЫМ сөзи; А. Исаков | KLASSLAS QIZLARIM (OFFICIAL MUSIC VIDEO 2026)

864 просмотра · 12 дней назад
Qq Ai Yb
96 подписчиков
864 просмотра · 12 дней назад
КЛАССЛАС ҚЫЗЛАРЫМ Ассалаўма алейкум әзийз досларым Гүлдей жаўдыраған класслас қызларым Қолымды көксиме ийилип қойып Алыстан турып салам жолладым Қурбангүл, Алтынгүл бәрше гүллерим Көз алдымнан кетпейди ҳеш бир сүлдериң Сағыныштан сарғайды мениң жүзлерим Бәршеңизди сағындым класслас қызларым Рабийға, Разия, Қалбазарым бар Бағыйла, Гулнарадай досларымда бар Бәринде айтыўға, мақтаўға турар Әдиўли, туўысқан классласларым бар Айсара,Гулсара,Лиза,Орынгул Сабақты сораса сайрайтын бүлбүл Қартбаева Гулбәҳәр, Света, Гулайым Өзлери гөззалдур ҳәмде мүләйым Арамыздан ертелеу кеткен қызлар бар Сараухан достымыз ҳәмде Гулбәҳәр Жатқан жериңиз жайлы болсын досларым Ийман жүзли болған класслас қызларым Бәриде тәртипли тәрбия көрген Көз қарас, пикирлери узақты илген Бәршеңиз бахытлы өмирди сүрген Бахытлы, тахтлы класслас қызларым Саўатлы, ақыллы алғырларым бар Ҳәр қыйлы тараудан жетискенлер бар Сизлер менен көрисиуге Адил интизар Дийдар несип көрискеймиз класслас қызларым Көтериңки болғай кеўил хошларың "Жалынлы жылқы" боп шаўың жол алың Көзлердиң жаўын алың досларым Меҳрийбан, әдиўли класслас қызларым 27-март 2026ж. Адил Исаков