Перейти к содержимому

“Қара қой” - Избасар Пазыл улы (1908-1960ж) - Qaraqalpaq xalıq shayırı Izbasar Pazıl ulı

QQ by Ai

0:00 / 0:00

“Қара қой” - Избасар Пазыл улы (1908-1960ж) - Qaraqalpaq xalıq shayırı Izbasar Pazıl ulı

52 559 просмотров · 5 дней назад
QQ by Ai
28,5 тыс. подписчиков
52 559 просмотров · 5 дней назад
ҚӘДДИ БҮГИЛМЕГЕН ҚӘЛЕМ ИЙЕСИ ИЗБАСАР ПАЗЫЛ УЛЫ… Бул инсан аталғанда «ҚАРАҚАЛПАҚ» деп аталған миллетке тийисли ҳәрбир адамның ядына ең алды менен «Қара қой» қосығы ҳәм өзинде инсаныйлық деген түсиникке тийисли барлық ағла пазыйлетлерди жәмлеген, өзиниң қысқа ҳәм аўыр өмир жолын ел-журтына, халқына ҳадал хызмет етиўге бағышлаған зәбердес инсанның келбети ядымызға түседи. Бары-жоғы он алты жасында бундай писик шығарма дөретиў – тек ғана қарақалпақ әдебиятында ғана емес, ал жержүзилик әдебият тарийхында да оғада кем ушырасатуғын ҳәдийсе екенлиги ҳәммеге мәлим. Дүньяның басқа да халықлары сыяқлы, тарийхый өтмиштиң небир жақсы-жаман, жеңисли-утылыслы дәўирлерин, қыйын өткеллерин, айралықлар, кемтарлықларды да көп көрген қарақалпақлар арасында «жетимлик» деп аталған тәғдир ҳақыйқый турмыста да, усы миллеттиң шайырлары дөреткен әдебиятта да оның жазмышы байлардың малын бағыў сыяқлы машақатлы ўазыйпа менен тиккелей байланыслы болғанлығы белгили. Сол – Избасар Пазыл улының балалығы өткен дәўирлерде маңлайына жетимлик жазылған ҳәм оның жәбирин тартқанлардың арасында сол «Қара қой» қосығында жыр етилген тәғдирди, онда өз сәўлелениўин тапқан ўақыяны басынан кеширмеген жетим ел арасынан табылмаса керек. Соның ушын да әсирлер даўамында ата-бабаларымыз жетилистирилип барған, халықтың жүрегине жақын поэтикалық дәстүр жолы менен дөретилген, соның менен бирге әдебий сын көзқарасынан жетик болған бул қосықтың халық жүрегинен беккем орын алғаны тосыннан емес. Әйне усы жылларды еслеўши заманласларымыз, ҳәтте: «Қара қой» қосығы – сол дәўирде ел арасында мал бағып, бақташылық еткенлер ушын «гимн» яңлы өзгеше бир шығарма болды, - деп жийи ядқа түсиреди. Баспасөзде, илимий изертлеўлерде Избасар Пазыл улының өмири, әдебий дөретиўшилиги ҳаққында аз жазылған жоқ. Олардың ҳәзирги дәўирге дейинги жазылғанларында да көпшиликке белгили, ол қарақалпақ совет әдебиятының иргесин қалаўшылардың бири, коммунистлик партияның ҳәм оның көсеми Ленинниң сиясатын, сол дәўирдеги партия тәрепинен әмелге асырылған ислердиң садық жыршысы, жәмийетлик искер сыпатында сәўлеленген. Оның халқымыздың тарийхында «қара дақ» сыпатында из қалдырған жеке адамға сыйыныўшылық ақыбети болған репрессияға байланыслы бөлеги 60-80 жыллардың сиясаты көзқарасынан «Репрессия қурбаны болған жәмийетлик искер ҳәм шайыр» деген теманың әтирапында ғана қысқа сөз етилип келинди. 2000-жылларға келип, Избасар Пазыл улының өмириниң көпшиликке аян болмаған фактлери менен байланыслы мийнетлер жүзеге келе баслады. Олардың арасында айрықша дыққатқа сазаўар мийнетлердиң қатарында – тарийхшы илимпаз Ш.Бабашевтың Қарақалпақстан Республикасы тарийхындағы сиясий қурбанларға байланыслы ҳүжжетлерди тарийхый факт сыпатында жүзеге шығарыў бойынша алып барған кең көлемдеги изертлеўлери ҳәм белгили әдебиятшы алым С.Баҳадырованың «Әмиўдәрья» журналының 2002-жыл 2-санында жәряланған «Жигирма тоғыз жастан елиў жасқа шекем түрмеде» атлы эссеси. Ш.Бабашевтың мийнетлери жазықсыз жазалаў жылларының көплеген қурбанлары қатарында Избасар Фазыловтың да репрессияға ушырап қамалыўына байланыслы «Айрықша қупыя» грифти менен сақланған ҳүжжетлерди жүзеге шығарыўы менен баҳаланса, ал С.Баҳадырованың эссеси Избасар Пазыл улының өмири менен тиккелей байланыслы болған инсанлардың берген мағлыўматларына сүйенилип, бирқанша тың фактлерди жүзеге шығарыўы менен баҳалы. Усы биз келтирип өткен мийнетлер, ӨзРИА ҚБ Фундаменталь китапханасы қолжазбалар қорында сақланып киятырған мағлыўматлар, сондай-ақ усы мағлыўматларды бир-бири менен салыстырып анализлеў тийкарында жүзеге келген пикирлеримиз Избасар Пазыл улының өмири ҳәм дөретиўшилигине бүгинги күн көзқарасынан баҳалаў мүмкиншилигин береди.