🎵 “НЕГЕ КЕРЕК?” - 🌑РЕП СТИЛЬДЕ [КУНХОЖА ИБРАЙЫМ УЛЫ СӨЗИ]
QQ by Ai
0:00 / 0:00
🎵 “НЕГЕ КЕРЕК?” - 🌑РЕП СТИЛЬДЕ [КУНХОЖА ИБРАЙЫМ УЛЫ СӨЗИ]
91 532 просмотра · 6 месяцев назад
QQ by Ai
30,7 тыс. подписчиков
91 532 просмотра · 6 месяцев назад
Кунхожа Ибрайым улы (1775-1848)
Кунхожа баба Қарақалпақ тилин тил болыўына үлкен үлесин қосқан Аҳунлардан. Буннан басқа Бердақ Қарғабай улының устазыда есапланады.
Екеўиде халықты жырлаған. Бул қосық текғана бизгеше жетип келген қосықларынан бири, көп қосықлар жазба түрде жазылмағанлығы себепли жойтылып, халық аўызында қалғанлары бизгеше жетип келген.
Егер қосық керек болса телеграм арнасынан алыўыңыз мүмкин:
https://t.me/qqbyai
_____Неге керек?_____
Сайраған бүлбил болмаса,
Иши ҳаўазға толмаса,
Бәрқулла жайнап турмаса,
Ашылған гүл неге керек?
Сарқырап суўы ақпаса,
Еккен егинлер қанбаса,
Ўақтында тасып-тынбаса,
Аққан суўлар неге керек?
Узақтан көзге түспесе,
Шамалы қатты еспесе,
Төбеси бултқа тиймесе,
Асқар таўлар неге керек?
Жадырап жазы болмаса,
Шуўақлы көгал қылмаса,
Өз ўақтында жаўмаса,
Қара жамғыр неге керек?
Көрген нәрсени алмаса,
Пәтленип қанат қақпаса,
Жоқ жерден аңды таппаса,
Қаршыға қус неге керек?
Қарасын үзип кетпесе,
Артықша қарыў етпесе,
Қашқан қоянға жетпесе,
Қайыңғы тазы неге керек?
Озалда тосын көрмесе,
Таңлап жемлер жемесе,
Байрақтан озып келмесе,
Дәл бедеўлер неге керек?
Беллерин беккем бумаса,
Өткен өшлерди қуўмаса,
Анадан артық туўмаса,
Пасық перзент неге керек?
Бойы күн сайын өспесе,
Душпан көкейин кеспесе,
Таймай гүреске түспесе,
Қорқақ палўан неге керек?
Халқының арын арламаса,
Бары-жоқты барламаса,
Аш ҳәм тоққа қарамаса,
Аўан басшы неге керек?
Халыққа әдил болмаса,
Жылағанды жубатпаса,
Халық татқанды татпаса,
Тахт ийеси неге керек?
Еки жақты тең көрмесе,
Дуўры әдиллик бермесе,
Халық татқанды татпаса,
Қәтқудалар неге керек?
Қайыры ашқа болмаса,
Қарыны майға толмаса,
Дүньяның жүзин шолмаса,
Аса байлық неге керек?
Халыққа сөзи жақпаса,
Дарьядай болып ақпаса,
Елди жаўлардан бақпаса,
Қуры батыр неге керек?
Ата-анасын күтпесе,
Айтқанларын ҳәм етпесе,
Ата-анам демесе,
Жаман перзент неге керек?
Күндей күлип-жайнамаса,
Бүлбил болып сайрамаса,
Қуўанысып ойнамаса,
Қуў өмирлер неге керек?