Перейти к содержимому

O SOLE MIO - О, МЕНИҢ ҚУЯШЫМ сөзи Бахадир Байназаров (Official Music Video)

Qq Ai Yb

0:00 / 0:00

O SOLE MIO - О, МЕНИҢ ҚУЯШЫМ сөзи Бахадир Байназаров (Official Music Video)

137 просмотров · 2 недели назад
Qq Ai Yb
96 подписчиков
137 просмотров · 2 недели назад
"O, SOLE MIO"* (Бийгана мәнзилден жаңлаған нама, Жама, кеўилимниң жыртығын жама. Барлық ықласымды кисенлеп ал да - мени ырғағыңа мәңгиге қама... Автордан) "*"*"*' Ақшам туңғыйыққа әкетер тартып, Галактика-ара жүремен қалқып. Жулдызларға тийип кетер аяғым, Айды услағаным бәринен артық. Қайғының ҳәммесин кеўлимнен жойып, "Дүнья мәселеси"н бир шетке қойып, Бултлардың үстинде жамбаслап жатып, Сениң шарабыңнан ишермен тойып... Және де перилер мийманым бул түн, Өзимди оларға сыйладым пүткил. "O, sole mio" тоқтамай жаңла, Мен бундай ләззетти қыймаўым мүмкин. Әбден сиңискен соң түнниң қойнына, Перилер асылар тағы мойныма. Жақтырақ болсын деп қапталымызға - бир жулдызды қойдық шамның орнына. Олар мениң ушын хызметте қалыс, Себеби барлығы әзелден таныс. Сен ҳәўижиңе шығарсаң әсте, Ал, мен гезеклесип түсермен вальс. Бири шарап тутар, биреўи ернин... (Дегенин қылмасам таянар белин.) Қараңғылыққа қарай тартқылар бири, Биреўиниң шашын биримлеп өрдим... Бири көкирегиме басын қойыпты, Биреўи өткерди қолын ыйықтан. Даўысың кем-кемнен алыслап барар, Солардың қойнында кеттим уйықлап... Әне, қызараңлап атады таң да, Мен енди аларман өзимди аңлап. Перилер кетеди, келер Қуяшың, "O, sole mio" тоқтамай жаңла... O SOLE MIO - О, МЕНИҢ ҚУЯШЫМ (Энрико Крузо косығы) ©Өжет Байназаров 2023-жыл Сентьябрь