Перейти к содержимому

МӘРТ ЖИГИТКЕ сөзи: А. Исаков | MÄRT JIGITKE

Qq Ai Yb

0:00 / 0:00

МӘРТ ЖИГИТКЕ сөзи: А. Исаков | MÄRT JIGITKE

678 просмотров · 10 дней назад
Qq Ai Yb
96 подписчиков
678 просмотров · 10 дней назад
МӘРТ ЖИГИТКЕ Автор: А. Исаков Май 2026 жыл Хабар алып қарасатын Ҳал аўҳалды сорасатын Мүтәжликте табысатын Жора дәркәр жигитке Тилде емес, исте болып Ис жүзинде бәрин көрип Аяқ қосып бирге жүрип Садық дос керек жигитке Жаслайынан ойнап өсип Ҳәзил, дәлкеклесип сөгип Ашшы, душшысында көрип Көнген жарасар жигитке Жар үстинде сүйеп турсаң Көзиң менен көрип турсаң Жоқ жеринде берип турсаң Сол жарасар мәрт жигитке Қыйналғанды билип турса Жанды саған қыйып турса Кеўлиң бәрин билип турса Жан берерсең сол жигитке Қартайғанда бирге жүрип Кемпир, ғарры ойнап күлип Той, мерекелерди көрип Ғаррылық несип еткей жигитке