Перейти к содержимому

ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ - 🎵"Қарақалпақ ҳаққында сөз" қосығы | 🌑Қара табан қара пуқара🎶

QQ by Ai

0:00 / 0:00

ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ - 🎵"Қарақалпақ ҳаққында сөз" қосығы | 🌑Қара табан қара пуқара🎶

48 404 просмотра · 6 мес. назад
QQ by Ai
31,1 тыс. подписчиков
48 404 просмотра · 6 мес. назад
Ибрайым Юсупов сөзи Қосықларды усы арнадан алсаңыз болады: https://t.me/qqbyai "Қарақалпақ ҳаққында сөз" Қара табан, қара пуқара, Бабам ғайбар киси болған. Көңли ақ, қалпағы қара, Жау менен көп иси болған. Аттан қулап атырғанда, Қан майданда сүйеп оны, «Бир ўасыят айтып кет онда», Деп сорапты оннан улы. Ўасыят екен ал сондағы, Айтып кеткен урпағына: «Тир жалаңаш қалсаңдағы, Бек бол, бала, қалпағыңа!...» Қарақалпақлар соннан баслап Қалпағы менен туўылыпты. Көп заманды изге таслап, Қалпақ шешпей жуўырыпты. Көп заманның әндийшесин Көрсе де көзи ағармаған. Жоғалтса да көп нәрсесин, Қалпағы ҳеш жоғалмаған. Қатал сорап қысым етип, Хан да оны шештире алмаған, Жан шықпаса гелле кетип, Жау да оны шештире алмаған. Қарақалпақлар бир гене жерде Бул дәстүрин бийкар қылған: Мавзолейге кирген жерде Қалпағын шешип, қолға алған. Өйткени Ленин бул қалпаққа Қатты ҳүрмет еткен еди. Отаў тигип қарақалпаққа, Бахыт берип кеткен еди. Ибрайым Юсупов 1972-жыл #ИбрайымЮсупов#Qqbyai