Перейти к содержимому

ШАБАНДОЗ сөзи: Раўаж ОТАРБАЕВ Official Music Video 2026

Qq Ai Yb

0:00 / 0:00

ШАБАНДОЗ сөзи: Раўаж ОТАРБАЕВ Official Music Video 2026

1 165 просмотров · 9 дней назад
Qq Ai Yb
295 подписчиков
1 165 просмотров · 9 дней назад
«ШАБАНДОЗ» Авторы: Раўаж ОТАРБАЕВ Жақсы атқа бир қамшы, ийеси менен жаны бир, Жигитлердиң майданда, шеккен аҳыў зары бир, Бас бәйгини ким сүймес, ат мингенниң ары бир, Тақымы зор, билекли, алар шаққан шабандоз. Ат мойынын созғанда, жигит кеўли жайланып, Делебеси қозғанда, мәрт майданда сайланып, Жетип келер жарық жүз, узақ айлаў айланып, Ат шапқанда бақ шабар, бахты шапқан шабандоз. Ат шапқанлар намыслы, сөзин жүрмес шаймалап, Тулпар тилин билгенге, ат сейислик сай талап, Сақласын деп тил, көзден, ат маңлайын аймалап, Ар деп шапқан тулпарға, тумар таққан шабандоз. Ат баққанның абайлап, ат дорбасы азықлы, Ат шылбырын узайтар, шыйыршықлы, қазықлы, Қалтыратпас суўықта, жаўырыны жазықлы, Қыс күнинде ғалыдан, гилем жапқан шабандоз. Ат қәдирин, ат минген Алпамыслар аңлайды, Ат жигиттиң қанаты, арғымағын таңлайды, Аты озған жигиттиң, аты елде жаңлайды, Тулпар менен тиллесип, ығбал тапқан шабандоз.