Перейти к содержимому

ҚАРТАЙҒАННАН СОҢ сөзи: А. Исаков | QARTAYǴANNAN SOŃ

Qq Ai Yb

0:00 / 0:00

ҚАРТАЙҒАННАН СОҢ сөзи: А. Исаков | QARTAYǴANNAN SOŃ

4 925 просмотров · 1 месяц назад
Qq Ai Yb
321 подписчик
4 925 просмотров · 1 месяц назад
ҚАРТАЙҒАННАН СОҢ Жас мингеннен соң күш қайтады Ғаррылық өз сөзин айтады Тек тилди ғана байытады Жасың былай барғаннан соң Той, мереке барып келип Миннет қылып онам келип Айтар екен билмей-билип Жас минип қартайған соң Нәписқаўлық ас қатады Көплеў жесең иш қатады Ҳайран болып бас қатады Тамақты тый қартайған соң Сақал, муртты қойып алып Яхшы яран жыйып алып Жаман иллетке тыйым салып Намаз оқы қартайған соң Яшыуллы боп барар жериң Пәтия, тилек берер жериң Баллар, қызлар қарар келин Кәтқуда бол қартайған соң Таң сәҳәрден азан айтып Билген сүрелерден қайтып Ишки дүньяңды нығайтып Салмақлы бол қартайған соң Апрель 2026ж Адил Исаков