Перейти к содержимому

ЖАНАНЫМ ӨЗИҢ сөзи: А. Исаков | JANANYM ÓZIŃ (OFFICIAL MUSIC VIDEO 2026)

Qq Ai Yb

0:00 / 0:00

ЖАНАНЫМ ӨЗИҢ сөзи: А. Исаков | JANANYM ÓZIŃ (OFFICIAL MUSIC VIDEO 2026)

792 просмотра · 3 недели назад
Qq Ai Yb
258 подписчиков
792 просмотра · 3 недели назад
ЖАНАНЫМ ӨЗИҢ Автор: Адил Исаков Май 2026 жыл Ай десе аўзы, күн десе көзи Ҳәммеден зыят маған тек өзи Сөйлесе жағымлы сөйлеген сөзи Жананым, нәзәлим, дилбарым өзиң Сымбатың келисип назлы жүрисиң Өзиңе жарасар шадлы күлисиң Адамды тартатын шырай турысың Жананым, нәзәлим, дилбарым өзиң Ийин ағашта суў алмаққа бардыңба Шелегиңди суў қудыққа салдыңба Адамлардың нәзерине қалдыңба Жананым, нәзәлим, дилбарым өзиң Алма бағда бирге сейил қылғанда Ләблериңе лабим тийип алғанда Ақыл хуўышты билмей жойтып алғанда Себепшиси менбе ямаса өзиң Өзгени өзиңнен қашық қылдыңба Өзиңе өзимди ашық қылдыңба Ямаса өзим өзиңе ашық болдымба Есимнен таныттың нәзәлим өзиң Мен жырақта, сен аўылда болып Сағыныштан жүзлерим сарғайып солып Сүўретиңе қарап кеўилим толып Жүрген күнлеримди билдиңбе өзиң Ушырассам тезирек бауырыма басып Аймалап, сыйпалап маўқымды басып Күтип ал сүйиклим қушақты ашып Жананым, нәзәлим, тезирек өзиң