Перейти к содержимому

Едиге дастаны. Қара тийин әлип бабаны өлтирген уакты

QQ by Ai

0:00 / 0:00

Едиге дастаны. Қара тийин әлип бабаны өлтирген уакты

13 069 просмотров · 10 мес. назад
QQ by Ai
31,1 тыс. подписчиков
13 069 просмотров · 10 мес. назад
Едил қайда, ел қайда, Елге жетер күн қайда, Жалаң аяқ сорлырға, Тикенексиз жол қайда, Душпаны зор бендеге Бундай қайым қол қайда. Тезирек байлап ат, деди. «Атпасаң, неге келдиң?» – деп, Сары жайын қолға алады. Ақ баслы ердиң тусы деп Тап журектиң усти деп Байлап атты Едиге. Жақыннан келген серпи оқ Ийттей қаңсып шығып кетти Журегин қырқып оқ өтти Астындағы қара тасқа Пәрлигинен ғарқ болды Қара тийин арыслан Жан айбаты өрре жайынан турды Майданға шығайын десе Уйдиң аузын таба алмай Көзи жерди көрмеди Әдира қалғыр уйим деп Сөгилсин сениң жуйиң деп Меннен қалып не боласаң Отқа жанғыр мулким деп Уйди аударып таслады Қара тийин әлип баба қулап Жатып атып Едигеге Қарап турып жылай берди Хә кунликши! Мени билмей өлтирдиң Қостарсыз деп журмедиң Қостарым бар кунликши Ол ноғайдың журтында Едиге деген бөлем бар Едиге өлгенимди еситсе Ағызар көзден қанынды Едиге алар жаныңды Туқымқүрт қылып қырар сени Байтақ жатқан жериңди Мени билмей өлтирдиң Жаным көзиме көринди Енли дедим бөлинди Мен армансыз болайын Едиге ме едиң сен? Деди Ырасыңнан кел деди Едиге болса қайтер едиң? Шын Едиге мен деди Әгер болсаң Едиге Қолыңды маған деди Едигедей жалғыздың Оң қолынан бир суйди Шеп қолынан бир суйди Маңлайынан жуп суйди Һә Едиге , Едиге Еңбекли жалғыз ер егиз Егиз едик озалда Жалғыз қалдың Едиге Сен ноғайда мен бунда Сатемирдей гулли қыя Қыйсық ханға барғанша Өзиме дууры келгенде Тоқтамыстай патшадан Зорлық көрип келдим десең Әдира қалғыр жылқымда Неше тулпар атым бар Гуз атлансақ Барар едик бәһәрге Тоқтамыстай ханындай Немене журты бар еди? Айрандай атлап Қымыздай писип Тоқтамысты өлтирип Сени тахқа миндирип Мурадыма жетер ем. Шорының сутин емип Мийримсиз болдың Едигежан Сен де туудың периден Мен де туудым периден Қарғысым қара тасқа өтеди Сени қарғап нетейин Қарғамай-ақ кетейин Инанбасаң сөзиме Белги салып кетейин Сен балалы боларсаң Балаң менен мәлеллесип Оң көзиң шықсын Едиге